Пуқараларымыздың мәмлекетлик органларға мүрәжат етиўи, ҳәр қыйлы хызмет түрлеринен электрон тәризде пайдаланыўына қолайлық жаратыў ушын my.gov.uz сайтында мәмлекетлик интерактив хызметлердиң бирлескен порталы жумыс баслады.
Порталдың тийкарғы мақсетлериниң бири, пайдаланыўшылар ушын мәмлекетлик органларға туўрыдан-туўры мүрәжат етиў, мәмлекетлик органлар менен пайдаланыўшылардың бирге ислесиўиниң нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик органларға мүрәжат еткенде пайда болатуғын бюрократиялық тосқынлықты жоқ етиў, келешекте «электрон ҳүкиметти» раўажландырыў ҳәм мәмлекетти басқарыўда заманагөй информациялық технологияларды енгизиўден ибарат.
Бирлескен порталға кириў жеке кабинет арқалы әмелге асырылады. Портал арқалы бир тәреплемели ҳәм еки тәреплемели хызметлер бийпул ҳәм пуллы тәризде әмелге асырылады.
Ҳәзирги ўақытта пуқараларымызға жеңиллик жаратыў ушын бир қатар хызметлер әмелге асырылып келинбекте. Портал арқалы төмендеги хызметлерден пайдаланыўыңызға болады. Хызметлер менен толық түрде my.gov.uz сайтында танысыўыңызға болады.
Бирлескен порталдың техникалық ҳәм информациялық тәминлениўи UZINFOCOM Компьютер ҳәм хабар технологияларын раўажландырыў ҳәм иске қосыў орайы тәрепинен әмелге асырылады.
Атап өтиўимиз керек, портал иске түскеннен кейин оның техникалық тәминленгенлигин жақсылаў ҳәм жаңа хызмет түрлерин енгизиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Жақында мәмлекетлик интерактив хызметлердиң бирлескен порталында жаңа Мәмлекетлик архивтиң еки хызмет түри әмелге асырыла баслады. Билим алғанлығы ҳәм сыйлық алғанлығын тастыйықлаўшы мағлыматнама алыў ушын дәслеп порталда дизимнен өтиў керек кейин болса, «Архив» блогине кирип «Выдача архивных справок о подтверждении награды (учебы)» кириледи. Бул жерде пайдаланыўшы юридикалық ҳәм физикалық тәреп паспорт мағлыўматын киргизеди (егер пайдаланыўшыда PassportID статусы болса, бул басқыш өткерип жибериледи.) ҳәм туўра келетуғын мағлыўматнама формасын толтырыў керек болады. Отыз күн өткеннен соң пайдаланыўшыға қоңыраў етиледи яки мағлыўматнаманы қашан ҳәм қай жерде алыўға болатуғыны ҳаққында хат алады.
Ал, жақында болса портал тәрепинен жаңа пуқаралардың мүрәжатлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында СМС-хабарландырыў бийпул хызмети иске қосылды. СМС-хабарландырыў менен пуқараның мәмлекетлик органға мүрәжатының ҳәр бир басқышы СМС арқалы хабарландырып барылады. Егер мүрәжат көрип шығыў ушын қабыл етилсе «Сизиң мүрәжатыңыз қарап шығылыў ушын қабыл етилди» деген СМС-хабар келеди.
Келешекте пуқаралар тәрепинен ҳәр қыйлы мағлаўматнамаларды алыўда тосқынлық кемейеди. Усы бағдарда UZINFOCOM тәрепинен қатар жумыслар әмелге асырылып бармақта. Лекин порталды иске қосыўшылардың мағлыўматына қарағанда, оның ушын бир қатар техникалық ҳәм шөлкемлестириў мәселесин шешиў керек. Яғный мағлыўматларды бир форматқа алып келиў ҳәм жумыс ислеў методы ҳәм жумыс тәртибин өзгертиў лазым.
Таярлаған: Ҳүрмет Атажанов,
Журналист
39589 marta ko`rilgan
Yuborilmoqda...